Соңғы жыллары мәмлекетмизде барлық тараўлар сыяклы билимлендириў тараўына да үлкен итибар қаратылған. Бул бағдарда бир қатар нызам ҳәм қарарлар қабыл етилип, усы ҳүжжетлер тийкарында билимлендириў шөлкемлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў,  оларды жетик қәнигелер менен тәмийинлеў, олардың билимин жетистириў бағдарында бир канша унамлы ислер әмелге асырылмакта.

Ҳәр бир инсан мектепте алған билими ҳәм устазлар тәрбиясы тийкарында өмир деп аталған гүзар жолға атланады. Бул жолларды сүрникпестен басып өтиўде шаңарақта ҳәм мектепте алған билим ҳәм тәрбия үлкен әҳмийетке ийе. Солай екен бул дәргайды қәстерлеп абайлаў ҳәр биримиздин миннетли ўазыйпамыз есапланады.

Бирақ, жәмийетимизде айырым нәпсиниң қулына айланган инсанлар да табылады. Соның ишинде жынаят ислери бойынша Елликкала районлық судында көрип шығылған жынаят исиндеги төмендеги жағдайлар кимди болса да ойландырыўы сөзсиз.

Жынаят исинде айыпланыўшы сыпатында катнастырылған С.Р алдын бир нешше мәрте аўыр түрдеги жынаятлар ислегени ушын оның жәмийеттеги жүрис-турысын қадағалаў мақсетинде 2022-жылдың 21-июнь күни жынаят ислери бойынша Беруний районлық суды тәрепинен ҳәкимшилик қадағалаўына алыныўына карамастан ол және бир нызамсыз иске қол урды.

Атап айтатуғын болсақ, С.Р. Елликқала районы “Сарабий” АПЖ аймағында жайласқан Қарақалпакстан Республикасы Мәденият Министрлигине қараслы 23-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде қараўыл болып ислеп жүрип, ғәрезли мақсетлерде усы мектеп ишинде кыз ҳәм жигитлерге жынысый қатнаста болыўына пуллы хызмет көрсетип шараят жаратып келген.

“Гүзе күнде емес, күнинде сынады”-дегениндей оның өзинше ҳеш кимге билдирмей ақша таўып жүремен деген нийети әмелге аспай, 2022- жылдың 9-октябрь күни “Д” исимли шахс пенен Б.А исимли шахстың өз-ара жынысый қатнаста болыўы ушын 100.000 сум есабынан мектептиң бир ханасын ажыратып, гезектеги пуллы хызметин көрсетип атырған жеринде ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен қолға алынған.

Әлбетте, бул жынаятлы ис бойынша С.Р ға нызамда белгиленген тәртипте тийисли жаза шарасы тайынланды.

Жоқарыда гүўасы болғанымыздай усы тараўдың жуўапкерли  ўәкиллериниң өз хызмет ўазыйпасына итибарсызлығы және бир жынаяттың келип шыгыўына себепши болғандай көринеди. Себеби, пуқара С.Р ды жумыска қабыллаў ўақтында оның шахсы тийисли тәртипте тексерилип алыныўы ҳәм бул мәкемеде жумыс ислеўи каншелли дурыс екенлигине азғана итибар қаратылыўы керек.

Солай екен бизиң ҳәр биримиз, бул жағдайлардан жуўмақ шығарып жынаятшылықтың алдын алыўда белсене қатнасыўымыз тийис.

 

О. Мауленов,

Жынаят ислери бойынша

Елликқала районлық судының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги