Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 22-март күни Қарақалпақстан Республикасы Туризмди раўажландырыў басқармасы ҳәм Қарақалпақстан хабар агентлигиниң басламасы менен елимиздиң бир топар журналистлери, блоггерлер ҳәм фотографлар Үстирттиң дәл ортасында жайласқан Барсакелмес дуз кәнине, сондай-ақ, «Үстирт әжайыбаты» деп ат шығарған Қоңырат сода заводы ҳәм Үстирт газ-химиялық комплексине медиатур шөлкемлестирди.

Барсакелмес дуз көли шығыстан батысқа қарай 90 километр, ал арқадан қублаға қарай 60 километрлик майданды ийелегени медиатур қатнасыўшыларында қызығыўшылық оятты. Биз ол жерде ушы-қыйыры жоқ суўды, төрт тәрепи суў болса да дуз қазып алып атырған эксковаторларды көрип, елимиздиң тәбиятына ҳәм мийнеткеш адамларына ҳайран қалдық.

Төменде Сиз Барсакелмес дуз көлинен түсирилген фотоларды тамашалаўыңыз мүмкин.

_ 

Фотолар авторы: Ислам Матеков.