Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев республикамыздың барлық орынларынан келген исбилерменлер менен ушырасты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен исбилерменлик субъектлери ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў, өз бизнесин жолға қойыў ҳәм раўажландырыў мақсетиндеги басламалар ушын ажыратылатуғын жеңиллетилген кредит қаржылары, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде әмелге асырылыўы тийис жойбарлар бойынша сөз етилди.

Атап өтилгениндей, сонғы жыллары елимизде өндирис ҳәм хызмет көрсетиў тараўында жаңа жойбарларды иске түсириў мақсетинде Президентимиз тәрепинен бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, исбилерменлерге жеңиллетилген тәртиплерде кредит қаржыларын ажыратыў кеңнен жолға қойылған. Атап айтқанда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 19-апрельдеги “Аймақларда исбилерменлик жойбарларын қаржыландырыў механизмлерин буннан былайда кеңейтиў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында республикамызда жәми 188 жойбарды әмелге асырыў белгилеп алынды.

Буннан тысқары, 2022-жыл 31-августтағы “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик,  инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы Пәрманын орынлаў мақсетинде жәми 565 жойбар тастыйықланған болып, бул пәрман менен елимиз исбилерменлерине өз жумысын жүргизиў ушын бир қатар жеӊилликлер ҳәм имканиятлар белгилеп берилген.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усы жылдың 10-январь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде быйылғы жылда ҳәр бир қала ҳәм районлар ҳәкимлери тәрепинен кеминде 50 млн АҚШ доллары муғдарында инвестицияны өзлестириў бойынша тапсырмалар берилген еди.

Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы қала ҳәм районларының потенциалы, тәбийғый ресурслары ҳәм басқа да имканиятларынан келип шыққан ҳалда әмелге асырылыўы мүмкин болған жойбар усыныслары ислеп шығылды ҳәм усы тийкарда 50 жойбар таңлап алынды.

Өткерилген илажда исбилерменлерге усы таңлап алынған жойбарлар бойынша кең түсиник берилип, қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар менен берилген салық жеңилликлери, кредит қаржыларын өзлестириў тәртиби, бул бағдарда мәмлекетлик активлерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм басқа да усы сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилди.


Мәжилисте сондай-ақ, жаңа жумыс орынларын жаратыў, инвестициялық жойбарларды иске түсириў хәм бул бағдардағы ушырасып атырған машқалалар талқыланып, ўазыйпалар белгилеп алынды.







Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.


Қарақалпақстан хабар агентлиги