Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев Төрткүл районында әмелге асырылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларының барысы менен танысты.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында халықтың жасаў жағдайын жақсылаў, оларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў, абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Әлбетте, бундағы тийкарғы мақсет, халқымыздың бүгинги күннен, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разылығын тәмийинлеў болып есапланады.

Ҳәзирги ўақытта Төрткүл районында 1245 километр узынлықтағы жол болып, соннан, 874 километри топырақ, 154 километри қум-щебень араласпалы, 136,2 километри асфальтобетон қапламалы ҳәм 6,8 километри бетон қапламалы жолды қурайды.

Районда халықты  узақ жыллар даўамында қыйнап келген машқалаларды  сапластырыў, соның ишинде жазда қум-шаңғытлы, жаўын-шашынлы күнлерде ылайлы топырақ жолларды оңлаў жумыслары баслап жиберилген еди.

Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында барлық тийисли тараў басшыларының қатнасыўында ушырасыўдағы усы жумыслардың барысы талқыланды. Онда алып барылған жумыслар менен бир қатарда орын алып атырған кемшиликлер терең талланды.




Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарары тийкарында Төрткүл районында 21,17 километр узынлықтағы жолда оңлаў жумыслары, соннан 4,3 километр асфальт, 16,9 километр жолға қум-щебень араласпасы төселиўи, 29,3 километр узынлықтағы суў тармақларын жаңадан тартыў ҳәм реконструкциялаў, 2 суўды душшыландырыў объектин реконструкциялаў, 2 пуқаралар жыйыны имаратын, 12 километр пиядалар жолын қурыў, 2 дана трансформаторды жаңалаў, бир аймаққа пиядалар көпирин қурыў ҳәм 3 км узынлықтағы газ тармағын оңлаў режелестирилген. Бул жумысларды әмелге асырыўға 33 млрд. 187 млн.сўм қаржы ажыратылған ҳәм жумыслар баслап жиберилген.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-сентябрьдеги “Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктуралар менен тәмийинленгенлик дәрежесин жәнеде жақсылаў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарары шеңберинде район орайындағы 41 километр узынлықтағы 102 топырақ көшени қум-щебень араласпалы жолға айландырыў белгиленген.

Буннан тысқары, “Меҳир ҳәрекети” шеңберинде райондағы шараяты аўыр шаңарақлардың қыс мәўсиминен шығынсыз алып шығылыўын тәмийинлеў, оларды материаллық қоллап-қуўатлаў, турақ жайларын оңлап бериў, наўқаслығы бар пуқараларға медициналық жәрдем көрсетиў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынған болып, бул жумыслар бүгинги күнде турмыста әмелий көринисин таппақта.

Буннан гөзленген мақсет, ҳәр бир пуқара мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарындағы ийгиликли басламаларды бүгинги күнниң өзинде сезиниўи тийис.  Басланып атырған жумыслар да мине усы жоқары мақсетлерди гөзлеген ҳалда, мәмлекетлик реформалардың ҳәр бир шаңараққа кирип барыўы тәмийинленеди.

Мәжилисте басланған ийгиликли жумысларды сапалы әмелге асырыў, жол қойылып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша  ўазыйпалар белгилеп алынды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.










Қарақалпақстан хабар агентлиги