Барсакелмес

 Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 28-декабрьдеги «2018-жылда рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша ислемейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық Наўрыз байрамы қарсаңында ишки туризмди раўажландырыў ушын берилген дем алыс күнлеринен ақылға уғрас пайдаланыў мақсетинде бир топар ғалаба хабар қураллары хызметкерлери усы жылдың 22-март күни Үстирт кеңислигине саяхат етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Туризмди раўажландырыў басқармасы ҳәм Қарақалпақстан хабар агентлиги басламасы менен шөлкемлестирилип атырған нәўбеттеги медиатурға мәмлекетлик басқарыў уйымлары баспасөз хызметкерлери, «Dunyo bo’ylab», Қарақалпақстан, Жаслар-ТВ телеканаллары, Нөкис-ФМ радиосы менен бирқатар газета-журналлар редакциялары бас редакторлары, сондай-ақ фотографлар, блоггерлер қатнаспақта.

Саяхатты шөлкемлестириўден мақсет – Қарақалпақстанда туризмди раўажландырыўға үлес қосыў.

Медиатур қатнасыўшылары саяхатты биринши Үстирттеги Барсакелмес дуз кәнинен баслайды.

Барсакелмес

Саяхат даўамында көпшилик шет елли туристлердиң итибарын тартып киятырған буннан 30 млн жыл алдын өмир сүрген Тетис океанының қалдығы болған Барсакелмес дузлы көлиниң әжайып панорамасы, Үстирт платосының бийтәкирар қырлары, тәбияты сүўретке алынады.

Барсакелмес

Саяхатшылар соның менен бирге Үстирт әжайыбаты сыпатында даңқы дүньяға танылып атырған Қоңырат сода заводы ҳәм Үстирт газ-химия комплексине де экскурсия шөлкемлестиреди. Сондай-ақ, бийпаян Үстирт кеңислигинде бой көтерген заманагөй Елабад ҳәм Қырыққыз поселкалары ҳәм ол жердиң турғынлары турмысы ҳаққында журналистлик материаллар таярлаў саяхат бағдарламасына киргизилген.

Барсакелмес

Саяхат жуўмағы менен республикалық ҳәм шет елли ғалаба хабар қуралларына, интернет ресурслары ушын журналистлик пиар мақалалар таярланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги