Усы жыл 12-январь күни Нөкис қаласындағы Бағшылық мәкан пуқаралар жыйынында бир қатар әскерий тараў хызметкерлери ушын арнап қурылған көп қабатлы турақ жайларды пайдаланыўға тапсырыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм жана турақ жайлардың тапсырылыўы мүнәсибети қызғын қутлықлады. Сондай-ақ, бир қатар әскерий тараў хызметкерлерине жаңа үйдиң гилтлерин тапсырды.



Бағшылық мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жәми 98 хожалық ушын арнап қурылған 3 көп қабатлы имарат жаңадан бой тиклеген болып, барлық қурылыс жумыслары толық жуўмақланды. Усы күни 98 шаңараққа жаңа үйлердиң гилти тапсырылды.

Илаж қатнасыўшылары жаңа турақ жайда жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.


Қарақалпақстан хабар агентлиги