Ҳүрметли уллы мәртебели Мырза Нарендра Моди!

Ҳүрметли мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары!

«Глобал Қубла ҳаўазы» саммитиниң барлық қатнасыўшыларын қызғын қутлықлықлағанымнан оғада қуўанышлыман.

Ҳиндстан Бас министри, ҳүрметли мырза Модиға «Инсан мәплерине бағдарланған раўажланыў» темасындағы бүгинги сөйлесиўимизди өткериў басламасы ушын билдирилген барлық миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.

Бул форум Ҳиндстанның «Дүнья – бир шаңарақ» улыўма инсаныйлық идеясына садық қалып атырғанынан айқын дәрек береди.

Бул илажымыз халықаралық көлемде абырайы, экономикалық, технологиялық ҳәм интеллектуаллық потенциалы күн сайын жоқарылап баратырған Ҳиндстанның «^лкен жигирмалық»тағы басшылығының табыслы өтиўине салмақлы үлес қосады.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Ҳәзирги күнде дүнья жәмийетшилиги ҳәр қыйлы қарама-қарсылық ҳәм келиспеўшиликлердиң кескинлесиўи, сондай-ақ, экономикалық кризистиң унамсыз ақыбетлерине дус келмекте.

Биз халықаралық қатнасықларда ашық сөйлесиў ҳәм өз-ара исенимниң күн сайын азайып баратырғанының гүўасы болмақтамыз. Коронавирус пандемиясы, азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлиги мәселелери ҳәм экологиялық машқалалар глобал раўажланыўдың перспективаларына унамсыз тәсир етпекте.

Бундай қурамалы шараятта, әсиресе, мәмлекетлеримиз алдында Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў жолында көплеген жаңадан-жаңа тосқынлықлар пайда болмақта. Ҳәзирги ўақытта Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң «Ҳеш ким артта қалмаўы зәрүр» деген тийкарғы принципи және де әҳмийетли болмақта.

Усы жерде Ҳиндстанның раўажланып атырған мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы ҳәм нәтийжели байланысларды беккемлеўдеги белсене орны ҳәм ролин айрықша атап өтпекшимен.

Соңғы жыллары Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан  арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм әмелий бирге ислесиў қатнасықлары пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди ҳәм халықларымыздың улыўма мәплерине хызмет етпекте.

Ҳүрметли мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары!

Бүгин Жаңа Өзбекстанда кең көлемли реформалар избе-из даўам еттирилмекте. Сиясатымыздың орайында инсан қәдири ҳәм оның мәплерин тәмийинлеў ең уллы мақсет ҳәм ўазыйпа етип белгиленген.

Раўажланыў стратегиямыздың тийкарғы мазмуны – нызам үстинлиги ҳәм инсан капиталын раўажландырыў, әдил ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қурыўдан ибарат. Биз өз алдымызға жақын келешекте инклюзив ҳәм турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў, мәмлекетте кәмбағаллықты еки есеге қысқартыў сыяқлы үлкен режени қойғанбыз.

Бул шеклерге ерисиў ушын 2023-жыл Өзбекстанда «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп жәрияланды.

Мәмлекетимизде заманагөй билимлендириў ҳәм кәсип өнерлерди ийелеў имканиятын кеңейтиў ушын барлық шараятлар жаратылмақта. Жәрдемге мүтәж халық қатламын нәтийжели социаллық қорғаў, оларды маман ҳәм сапалы медициналық хызметлер менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Биз артқа қайтпайтуғын түрге енген реформаларымызды избе-из даўам еттириў жолында халықаралық шериклер менен тығыз бирге ислесиў ушын бәрқулла ашықпыз.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Өзбекстан Ҳиндстанның «Үлкен жигирмалық»тағы басшылығын ҳәм оның шеңберинде алға қойып атырған баслы мақсет ҳәм ийгиликли умтылысларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайды.

Ушырасыўымыздың күн тәртибине киргизилген мәселелер бойынша төмендеги әмелий усынысларды билдирмекшимен.

Ҳәзирги күндеги халықаралық саўда системасын жетилистириў зәрүр. Оны дәўирдиң өзи талап етпекте. Бул процессте «Глобал Қубла ҳаўазы» итибарға алыныўы керек – раўажланып атырған мәмлекетлердиң имканиятларын жүзеге шығарыў ушын зәрүр шараятлар жаратылыўы зәрүр.

Тилекке қарсы, тийкарғы базарларға шығыўда мәмлекетлеримиз еле ҳәр қыйлы тосқынлық ҳәм шеклеўлерге ушыраспақта.

Мәмлекетлеримиз санаат ҳәм аграр тараўда үлкен потенциалға, ири ишки базарларға ийе екенин есапқа алып, глобал дәрежеде әдил бәсеки орталығын жаратыў мәселесинде улыўмалық қатнасларды ислеп шығыў зәрүр.

 

Буннан тысқары, раўажланып атырған мәмлекетлердиң энергетика ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, глобал логистика ҳәм қосымша қун шынжырларын жаратыў, инвестиция ҳәм ең заманагөй технологияларды тартыўда жәрдемлесиў мәселелери жәҳән саммитиниң күн тәртибинен орын алыўы керек, деп есаплаймыз.

Және бир стратегиялық мәселе.  Евроазия регионындағы тийкарғы транспорт артерияларынан бири болған «Арқа-Қубла» халықаралық коридорын қоллап-қуўатлаймыз.

Биз Орайлық ҳәм Қубла Азияның өз-ара байланыслылығын күшейтиўге қаратылған, Аўғанстан арқалы Ҳинд океанына шығатуғын темир жолды қурыў жойбарын жедел алға қоймақтамыз. Бирге ислесиўшилеримизди усы оғада әҳмийетли жойбарда қатнасыўға мирәт етемиз.

Таллаўлар соны көрсетпекте, «жасыл экономика»ға өтиў шараятында раўажланып атырған мәмлекетлер арасындағы үлкен технологиялық өзгешелик артып бармақта.

Биз дүньяның жетекши мәмлекетлериниң жәрдеминде «Глобал Қубла» ушын жасыл технология ҳәм инновациялар мәлимлеме банкин жаратыў ўақты келди, деп ойлаймыз.

Гезектеги әҳмийетли мәселе инсан капиталын раўажландырыў ҳәм профессионал билимлендириўдиң сапасын арттырыў. Биз Ҳиндстан менен билимлендириў тараўында бирге ислесиўди жедел алып барыўдан мәпдармыз.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Инсан мәплерине бағдарланған раўажланыў негизинде мине, усы жас әўладты бәркамал етип тәрбиялаў мәселеси тийкарғы орынды ийелеўи керек.

Қәбилетли жасларымызды климат өзгериўи, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, қолайлы энергетика, санластырыў ҳәм басқа да баслы тараўлардағы миллий ҳәм халықаралық бағдарламаларды ислеп шығыўға кеңнен тартыўымыз керек.

Соннан келип шығып, мәмлекетлеримиз арасында «Қубла жасларды ҳаўазы» турақлы пикирлесиў платформасын шөлкемлестириў усынысын алға қоймақшыман.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Ҳәзирги күнде ҳәўиж алып атырған ҳәр қыйлы соқлығысыўлардың унамсыз ақыбетлери биринши гезекте раўажланып атырған мәмлекетлерде сезилмекте.

Қәдирли достым Нарендра Моди айтқанындай, «Будда ҳәм Гандидиң Ўатаны» болған Ҳиндстанның «^лкен жигирмалық»тағы басшылығы шеңберинде глобал көлемдеги тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў ушын жаңадан-жаңа усыныслар ҳәм идеялар дүнья жәмийетшилигине берилетуғынына исенемен.

Өзбекстанда да бул бағдарда алға қойып атырған Аўғанстан машқаласын шешиў бойынша халықаралық қарым-қатнас топарын қәлиплестириў усынысын қоллап-қуўатлайсызлар, деп үмит етемен.

Ҳүрметли дослар!

Биз Ҳиндстанның раўажланып атырған мәмлекетлердиң мәплерин халықаралық көлемде нәтийжели қорғаў жолындағы белсене ҳәрекетлерине бәрқулла көмекшимиз.

Сөзсиз, бүгинги усыныслар менен басламалар инсан мәпи ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлерине хызмет етеди.

Пурсаттан пайдаланып, дос Ҳиндстан халқын жақынласып киятырған миллий байрам – Республика күни менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Дыққатларыңыз ушын рахмет.