Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 10-январь күни санаатты раўажландырыў ҳәм қосымша резервлерди анықлаў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекет экономикасы ҳәм халықтың бәнтлигинде санаат жүдә үлкен орын ийелейди. Бул тараўға зәрүр шараят жаратыў мақсетинде кейинги жыллары 19 еркин экономикалық зона ҳәм 400 ден аслам киши санаат зонасы шөлкемлестирилди, олардың инфраструктурасына 10 триллион сум қаратылды. Сондай-ақ, тоқымашылық, химия, қурылыс материаллары, былғары, фармацевтика, электр техникасы сыяқлы тармақларды «драйвер»ге айландырыў ушын 3 миллиард долларлық қаржы ресурслары ажыратылды. Санаатты шийки зат пенен тәмийинлеў ушын геология-излеў жумыслары 3 есеге көбейтилип, 600 ден аслам жаңа кән анықланды.

Нәтийжеде кейинги бес жылда санаат кәрханаларының саны 2 есеге көбейип, 100 мыңға жетти, өндирис көлеми 1,4 есеге көбейди.

Бул аймақлардың раўажланыўына унамлы тәсир етпекте. Соның ишинде, Жиззақта бурын болмаған қурылыс материаллары, автомобиль қурылысы, азық-аўқат санааты сыяқлы жаңа тармақлар пайда болды. Тек ғана қурылыс материаллары бойынша 220 жойбар иске қосылып, ўәлаят санаатында бул тараўдың үлеси 20 проценттен артты.

Самарқанд, Сырдәрья, Наманган ҳәм басқа аймақларда металлды қайта ислеў бойынша 19 ири жойбар әмелге асырылған. Наманганда шөлкемлестирилген 54 жаңа киши санаат зонасында 2022-жылы 3 триллион сумлық өним ислеп шығарылған.

Химия санаатында кейинги үш жылда өндирис көлеми 1,5 есеге, экспорт көлеми 2 есеге артқан.

Соның менен бирге, айырым аймақларда нәтийжелер имканият дәрежесинде емес. Атап айтқанда, 2022-жылы Наўайы, Бухара ҳәм Ташкент ўәлаятларында санааттың өсиўи кеўилдегидей болмаған. Қарақалпақстан Республикасы, Жиззақ, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Ферғана ҳәм Хорезмде ийирилген-жипти қайта ислеў дәрежеси төменлигинше қалған. Наманган, Самарқанд ҳәм Наўайыда азық-аўқат, былғары аяқ кийим, мебель ислеп шығарыў имканияты жетерлише иске қосылмаған.

Соның ушын мәжилисте усы жылы санаатты раўажландырыў, тараўға инвестицияларды көбейтиў ҳәм резервлерди иске қосыў илажлары додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы санаат ушын жаңа имканиятлар ҳәм қосымша қаржы ресурслары берилетуғынын атап өтеди.

Биринши имканият – банк нормативлери қайта көрип шығылып, коммерциялық банклерде кәрханаларға кредит ажыратыў ушын қосымша 55 триллион сум ресурслар тәмийинленеди. Бул – бир районда орташа 20 миллион долларлық инвестицияға қосымша дәрек, деген сөз.

Екинши имканият – 2023-жылы санаат зоналары ҳәм ири инвестициялық жойбарлардың инфраструктурасы ушын 1,7 триллион сум қаратылады. Сондай-ақ, «Ғиждуўан» ҳәм «Қоқанд» еркин экономикалық зоналарының аймағы кеңейтиледи. Қарақалпақстан ҳәм Қашқадәрьяда «Ургут» еркин экономикалық зонасының филиаллары шөлкемлестириледи.

Үшинши имканият – 2023-жылдан баслап, экономикалық раўажланыўда артта қалған төртинши ҳәм бесинши категориядағы 60 районға 27 түрдеги салық жеңиллиги, субсидия ҳәм преференциялар берилгени болып есапланады.

Төртинши имканият-гилемшилик, үй текстили, былғары ҳәм зергерлик тармақлары ушын берилип атырған  жеңилликлер. Оған бола, 2023-жылы тоқымашылық жойбарларына қосымша 300 миллион доллар қаратылады. Былғары аяқ кийим санаатында 200 ден аслам түрдеги импорт шийки зат бойынша бажыхана жеңилликлери үш жылға создырылады. Зергерлерге шийки затты шегирме менен сатып алыў имканияты ҳәм салық, бажыхана менен банк жеңилликлери бериледи.

Президентимиз бул имканиятларды халық ҳәм исбилерменлерге жеткерип, орынларда жойбарларды көбейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Санаат зоналарында 1 мың 264 жойбардың иске қосылатуғыны айтылды. Сондай-ақ, Наўайы ўәлаятында 6-гидрометаллургия заводын ҳәм Алмалықта 3-мыс байытыў фабрикасын иске қосыў, Әндижанда заманагөй қуйыў цехын ҳәм Шыршықта аўыл хожалығы машина қурылысы кластерин толық қуўатлылыққа шығарыў да әҳмийетли ўазыйпалардан.

Жуўапкерлерге санаат кооперациясын кеңейтип, 6 миллиард долларлық локализациялаў жойбарларын әмелге асырыў, аймақлық инвестициялық бағдарламаларға киргизилген 3 мыңға шамалас жойбарларды ўақтында иске қосыў бойынша тапсырмалар берилди.

Улыўма, барлық дәреклер есабынан усы жылы санаатты 14 процентке арттырыў имканияты бар екенлиги көрсетип өтилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша санаат тармақларының басшылары ҳәм ҳәкимлер өз режелери менен усынысларын билдирди.

ӨзА