Быйылғы қыс мәўсими оғада салқын ҳаўа райы менен басланды. Сол күнлери социаллық тармақларда ең ашынарлы мәселе сыпатында мектеплердеги класслардың суўықлығы, бул болса оқыўшылардың сапалы билим алыўына кери тәсирин тийгизгени ҳаққында болды. Ендиги жағында бундай жағдай қайталанбаўы ушын кейинги суўық күнлерге пуқта таярлық көриў талап етиледи.

Қарақалпақстан Республикасы Билимлендириў министрлигиниң берген мағлыўматларына қарағанда, бул бағдарда бир қатар жумыслар әмелге асырылған.

Бүгинги күнде республика бойынша 721 улыўма орта билим бериў мектеби болса, соннан 5 мектеп орайластырылған ҳалда ҳәм 716 мектеп локальлық жылытыў тәмийнаты арқалы ысытылады. Атап айтқанда, 340 мектеп тәбийғый газ, 116 мектеп тәбийғый газ ҳәм көмир, 260 мектеп тек көмир, 5 мектеп болса, орайластырылған жылытыў системасы арқалы ысытылады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 23-сентябрьдеги «Экономика тармақларын, социаллық тараў объектлери ҳәм көп квартиралы турақ жай фондын 2022-2023-жылларда гүзги-қысқы мәўсимде турақлы ислеўге таярлығын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 41 мектептиң 137 ысытыў қазаны жаңадан орнатылған болса, 10 мектептиң 4 мың 787 метр жылытыў системасы қайта оңланып, 16 мектептиң 3 мың 63 квадрат метр айнасы жаңасына алмастырылды. 14 мектептиң төбесине 23 мың 192 квадрат метр шифер қағылды.

Республикамыздың алыс аймақларындағы 391 мектепке «Көмир тәмийнат» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен белгиленген реже тийкарында 12 мың 625 тонна көмир жеткерип берилди.

Билимлендириў мәкемелериндеги 1 мың 407 есикке ҳәм 17 мың 571 квадрат метр айналарға жыллылықты сақлап турыў мақсетинде қосымша жумыслар әмелге асырылды.

Қулласы, улыўма орта билим бериў мектеплериниң жылытыў системасында қысқы мәўсим даўамында үзилислер жүз бермеўи ҳәм анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша илажлар министрликтиң жуўапкерлери тәрепинен қадағалаўға алынған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги