2022-жыл Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасында өзгерислерге бай жыл болды. Себеби, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаў бойынша жумысларды және де жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы айрықша пәрманы қабыл етилди. Пәрман тийкарында 2022-2026-жылларда мәмлекеттиң экономикалық, сиясий ҳәм социаллық тараўларында ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў бойынша миллий бағдарлама қабыл етилди.

Мине усы бағдарламадан келип шыққан ҳалда 2022-жылдың өзинде жоқары оқыў орынларының бакалавриат бағдарында оқыйтуғын 150 қыздың тәлим кредитлери жергиликли бюджеттиң арттырып орынланған бөлегинен комитеттиң усынысы менен төлеп берилген болса, магистратурада оқып атырған қызлардың оқыўы бийпул етип берилди. Бакалавриат бағдарында оқыйтуғын қызларға процентсиз тәлим кредитлерин төлеп бериў бойынша 1,8 триллион сум ҳәм магистратурада оқып атырған қызлардың контракт пулларын төлеп бериў ушын 200 миллиард сум ажыратылды. Төлемли контракт тийкарында оқыйтуғын қызлардың билим алыўы ушын процентсиз тәлим кредити берилип, оны оқыўды питкерип шыққаннан соң 7 жыл мүддет ишинде төлеў жеңиллиги берилди.

Бюджет шөлкемлерде ислейтуғын ҳаяллар ҳәмиледарлық дем алысына шыққан ўақытта ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын алатуғын еди. Бирақ, юридикалық тәреплерде ислеп атырған ҳаялларға бундай жеңиллик жоқ еди. Президентимиздиң басламасы менен оларға да ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын төлеп бериў системасы жолға қойылды.

Сондай-ақ, ҳәр бир мәҳәлледеги исбилермен ҳаял-қызларды исбилерменликке бағдарлаў, исбилермен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған бағдарламалар қабыл етилди. Атап айтқанда, Президентимиздиң пәрманы тийкарында ҳәр бир мәҳәлледе ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм денсаўлығын беккемлеў орайларын шөлкемлестириў бойынша жумыслар әмелге асырылмақта. Орайдың шөлкемлестирилиўи мәҳәлледе бос отырған ҳаял-қызларға жумыс ислеўи ушын орын ажыратыўға, бәнтлигин тәмийинлеўге, олардың кредитлер, субсидиялар алыўына имканият жаратады.

Алыс аймақлардағы ҳаял-қызлар исбилерменлик пенен шуғылланыў, бизнес орталығын жаратыў ушын имараттың жоқлығынан шағым етеди. Президентимиздиң пәрманы менен усы мәселени шешип бериў мәҳәллениң ықтыярына берилип, мәҳәллелер тәрепинен өз мәҳәллесиндеги исбилермен қызларға жер ямаса ирамат ижараға бериледи. Бул система да бүгинги күнде өзиниң нәтийжесин бере баслады.

Өткен жыл даўамында 8 мыңнан аслам ҳаял-қызлар 12 түрдеги кәсип-өнерге бийпул оқытылып, олардың кредит алыўына жәрдем берилди. Нәтийжеде ҳәзирги күнде кредит алған ҳаял-қызлардың саны 18 мыңға жетти. Олардың өз жумысын жолға қойыўы, раўажландырыўы ушын лидер исбилермен ҳаял-қызларды тартқан ҳалда «Мәсләҳәт саатлары» шөлкемлестирилди.

Ҳаял-қызлар дәптерине 2022-жылда және 33 мың 813 ҳаял-қыз киргизилип, оларға бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетилди, жумыс пенен тәмийинленди, субсидиялар ажыратылды, кредит алыўға, турақ жайларын оңлаўға жәрдем берилди, айырымлары турақ жай менен тәмийинленди.

Айырым ўақытлары ҳаял-қызларға субсидия ажыратылып, турақ жай ушын басланғыш төлемлер төлеп берилгени менен кейинги төлемлерин төлеўге қыйналып қалады. Сондай ҳаял-қызлар ушын да социаллық турақ жайлар қурыў системасы енгизилди. Усы мақсетте 2022-жылдың өзинде 67 социаллық турақ жай ҳәкимиятларға қаржы ажыратылған ҳалда, олар тәрепинен сатып алынып, мүтәж ҳаял-қызларымызға берилди.

   Мәрьям Ахмедова,

 Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги