Англия Премьер Лигасы Пеп Гвардиоланы 2023-24-жылғы мәўсимниӊ еӊ жақсы тренери деп жәриялады.

«Манчестер Сити» устазы өз жумысы даўамында бесинши мәрте усы сыйлықты қолға киргизди. Буннан алдын ол 2017-18, 2018-19, 2020-21 ҳәм 2022-23-жылғы мәўсимлерде еӊ жақсы тренер сыпатында таӊлап алынған еди.

Сер Алекс Фергюсон бул сыйлыққа еӊ көп ийе шыққан тренер есапланды. «Манчестер Юнайтед»тиӊ бурынғы устазы АПЛда 11 мәрте еӊ жақсы тренер деп табылған.

Гвардиола «Манчестер Сити» менен Англия чемпионлығын қолға киргизди. Оныӊ есабында 6 бас сыйлық бар. Бул бойынша да Фергюссон жетекши. Оныӊ есабындағы сыйлықлар саны – 13.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги