Қәдирли ўатанласлар!

Сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды кирип киятырған Жаңа жыл менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Ҳәммеңизге өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

2022-жылы машақатлы ҳәм мәртлик мийнетимиз бенен раўажланыў жолында әҳмийетли шеклерге еристик. Инсан қәдирин улығлаў, халқымызды разы етиў бойынша жаңа қәдемлер қойдық.

Дүньядағы оғада қурамалы жағдай, глобал кризиске қарамастан Өзбекстан экономикасы избе-из раўажланбақта.

Мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлеримиз пидайы мийнет етип, мол өним жетистирди.

Санаат, қурылыс, санлы технологиялар, туризм тараўлары жедел раўажланбақта.

Қала ҳәм аўылларымыз, пүткил елимиз ҳәр тәреплеме абат болмақта.

Жаңа жумыс орынлары шөлкемлестирилип, халықтың дәраматлары ҳәм турмыс дәрежеси артпақта.

Жасларымыз халықаралық майданларда қәбилет ҳәм шеберлигин көрсетип, Ўатанымызды дүньяға танытпақта.

Халықтың ҳаўазы болған мәҳәллениң турмысымыздағы орны ҳәм тәсири күшеймекте.

Ең әҳмийетлиси, елимизде тынышлық ҳәм турақлылық, миллетлер ҳәм динлер аралық татыўлық ҳүким сүрмекте.

Өзбекстанымыздың жәҳән жәмийетшилигиндеги абырайы жоқарыламақта.

Бул қутлы әййямда ерискен барлық жетискенликлеримиздиң дөретиўшиси болған сиз, әзиз ўатанласларыма, пүткил халқымызға және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли дослар!

Мәмлекетимизде 2023-жылға «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп атама бердик.

Жаңа жылда инсанды қәдирлеў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, нызамлы мәплерин тәмийинлеўге қаратылған жумысларымызды жоқары басқышқа көтеремиз.

Перзентлеримиз сапалы тәлим-тәрбия алып, бәркамал шахс болыўы ушын баслаған жумысларымызды избе-из даўам еттиремиз.

Ҳүрметли ветеранларымыз, әзиз ҳаял-қызларымыз, сондай-ақ, жәрдемге мүтәж инсанлар ушын мүнәсип шараят жаратыў дыққатымыз орайында болады.

Илим, медицина, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларының ўәкиллерин, муғаллим ҳәм тәрбияшыларды қоллап-қуўатлаўға үлкен әҳмийет қаратамыз.

Улыўмаластырып айтқанда, жанажан Ўатанымызда ҳеш бир инсан жәмийетимиз ҳәм мәмлекетимиздиң меҳири ҳәм итибарынан шетте қалмайды. Оның ушын бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз.

Әзиз ҳәм қәдирли ўатанласларым!

Кеўиллеримиз пәк нийетлерге толып турған усы қуўанышлы демлерде сизлерди, пүткил халқымызды жаңа – 2023-жыл менен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлайман.

Бәршеңизге саў-саламатлық, шаңарақларыңызға қут-берекет, шаңарақлық бахыт тилеймен.

Жаңа жылдың қәдеми қутлы келсин!

Бәрше жақсы нийетлеримиз әмелге ассын!

Елимиз тыныш, халқымыз аман болсын!

Жаңа жыл бәршемизге қутлы болсын!

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти

–0–