Жаңа жыл байрам алдында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Нөкис қаласындағы Онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайында болып, усы жерде емленип атырған наўқаслардың ҳалынан хабар алды.

Қәстелерге шыпа тилеп, олардың көтериў кеңпейил ҳалқымызға тән әжайып қәдириятлардан бири есапланады.

Жоқарғы Кеңес Баслығы наўқасларға саўалып, ата-анасы ҳәм шаңарағына тезирек қайтыўын тиледи.  Бүгинги күни ҳәр бир инсан, оның саламатлығы мәмлекетимиз итибарында екенлигин, оларға керекли ҳәр қандай жәрдем берилетуғынлығын атап өтти.

Илажда балаларға байрам саўғалары тапсырылды.





Қарақалпақстан хабар агентлиги