29-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркменстан Миллий Кеңеси Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовқа қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жоллады.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы дослық, исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип щығылды.

Усы жылдың  14-15-июль күнлери Түркменстан Президентиниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары ҳәм 20-21-октябрь күнлери Өзбекстан Президентиниң Түркменстанға рәсмий сапарында, сондай-ақ, көп тәреплеме шөлкемлер шеңбериндеги ушырасыўларда ерисилген жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Барлық тийкарғы бағдарлардағы бирге ислесиўдиң әдеўир жеделлескени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Саўда көлеми артпақта, санаат, энергетикада кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта, нәтийжели аймақлар аралық байланыслар раўажланбақта, мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламалары жүзеге шығарылмақта.

Парламентлер аралық пикирлесиў, соның ишинде, Орайлық Азия регионында жаңа дәрежеге көтерилгени атап өтилди.

Сөйлесиў жуўмағында Өзбекстан Президенти ҳәм Түркменстан Миллий Кеңеси Халық Мәсләҳәти Баслығы жақынласып киятырған Жаңа Жыл байрамы менен бир-бирин қызғын қутлықлап, туўысқан халықларымызға абаданлық, тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тилеклерин билдирди.


ӨзА