Мийрим-шәпәәт,  қайыр-сақаўат сыяқлы ийгиликли басламалар халқымыздың әзелий қәдириятларынан есапланады. Себеби, жақсылық, ақыбет, киши пейиллик сыяқлы уллы пазыйлетлер бәрқулла инсанға зийнет болып келген.  

Шымбай районлық Кеңесиниң депутаты Г.Ешмуратова «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде Жаңа жыл байрамы алдынан районның тараў басшылары ҳәм аўыл пуқаралар жыйыны ақсақалы менен биргеликте Бахытлы аўыл пуқаралар жыйынындағы «Аббасқараған» аўылына барды.

Усы жерде жасаўшы А.Жумашеваның шаңарағынан хабар алып, ақлықларына қысқы кийим-кеншек ҳәм аяқ кийимлер берилди.

Сондай-ақ, усы аймақтағы «Жамбасжап» аўылында жасаўшы Д.Сейдуллаевтың шаңарағында болып, оның балаларына да қысқы кийимлер ҳәм аяқ кийимлер берилди.

Усы күни райондағы кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың жағдайларынан хабар алыў мақсетинде қайырқомлық илажлар даўам етип, Шымбай районлық Кеңесиниң депутаты Т.Палваниязова да, тийисли тараўлардан дүзилген топар менен бирге өзи сайланған аймақ  Көнши МПЖ аймағында жасаўшы шаңарақлардан хабар алды.

Оларға байрам саўғалары тапсырылды.


– Жаңа жыл алдынан бизлерден хабар алып, усындай ғамқорлық көрсетип атырғаны ушын басшыларымыздан миннетдармыз. Келеси жыл буннан да жақсы жақсы жыл болып келип, халқымыздың турмысы еле де жақсыланып, абаданлығы арта бергей,-дейди А.Жумашева.

Орынларда «Меҳир ҳәрекети» шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги