Өзбекстан көркем өнер академиясы Қаракалпақстан бөлиминиң көргизбе сарайында «Өрнемент» атамасында әмелий қол өнери үлгилеринен (миллий қуўыршақлар, сувенирлер, зергерлик, кестешилик, гилемшилик өнери) ибарат көргизбе ашылды.
Көргизбе белгили художниклер, декоратив әмелий қол өнери усталары, М.Алламбергенованың 60 жасқа, Г.Сапарбаева ҳәм Қ.Кемаловалардың 50 жасқа толыўы мүнасибети менен өткерилип, оған усы авторлардың дөретпелери қойылды.
Атап өтилгениндей, бул инсанлар көп жыллардан берли көплеген конкурс, халықаралық фестивальлардың жеңимпазлары болыўы менен бирге, миллий нағысларға бай дөретиўшилик жумысларын жаратып киятырған шебер художниклер болып, олардың республикамызда усы тараўдың раўажланыўында белгили дәрежеде үлкен үлеси бар.
Көргизбедеги дөретиўшилик жумыслардың ҳәр бири өз алдына бағдары, қолланылған материаллары ҳәм композициялық көринислери менен өзгешеленип, ҳәр бири тамашагөйге тәсирли болыўы менен көзге тасланады.
Бул көргизбени шөлкемлестириўден мақсет – қарақалпақ миллий өнерлериниң заманагөй көринислердеги раўажланыў бағдарлары менен жақыннан таныстырыў, миллий қәдириятларымызды үгит-нәсиятлаў, көп миллетли халқымызды, әсиресе, жас әўладты ана ўатанымызға, үрп-әдетлеримизге, ата-бабаларымыздың мийрасларына ҳүрмет ҳәм сүйиспеншилик руўхында тәрбиялаў, гөззаллық әлемине шақырыў болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери