Соңғы ўақытлары республикамызда аймақлардағы ҳәким жәрдемшилери тәрепинен социаллық қорғаўға мүтәж, үйлеринде жумыссыз отырған ҳаял-қызлардың банклерден жеңилликли кредитлер ҳәм субсидиялар алыўына жәрдемлер көрсетилип, олардың жумыс пенен бәнтлиги тәмийинленбекте.
Жаңа жыл алдында Беруний районы ҳәким А.Сапарбаев Қыят аўыл пуқаралар жыйынында болып, аймақ халқы менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыў даўамында аўыл турғынларының пикирлери тыңланып, ҳәким жәрдемшиси Азамат Раджаповтың усыныс тийкарында «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген 25 ҳаял-қызға субсидия тийкарында заманагөй инкубатор, 25 таўық ҳәм олардың азық-жемлери тапсырылды.
Илажда субсидия алған бир қатар ҳаял-қызлар шығып сөйлеп, өзлерине көрсетилип атырған ғамқорлық ушын миннетдаршылық билдирди.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, 2022-жылы Қыят аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы халыққа ҳәким жәрдемшисиниң усынысы тийкарында, коммерциялық банклерден 1 млрд 900 млн сумлық жеңилликли кредитлер алып берилген.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы