«Sk Todays News» баспасының хабарына бола, Ҳиндстан ҳүкимети «Doc-1 Max» препаратын ислеп шығарыўшы «Marion Biotech» фармацевтика фабрикасына тексериў баслап жиберди.

Тексериў Дәри қуралларының стандартларын қадағалаў орайлық шөлкеми ҳәм Уттар-Прадеш штатының Дәрилерди қадағалаў ҳәм лицензиялаў бас басқармасы тәрепинен алып барылмақта. Бас басқарма Өзбекстан тәрепинен қосымша мағлыўматлар сорағаны айтылады.

«Marion Biotech» баспасөз хаткери Хасан Харрис Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан ҳүкиметлери бул мәселени көрип шығып атырғанлығы ҳәм тексериў өткерип атырғанын тастыйықлады.

Ҳиндстан Денсаўлықты сақлаў министри Мансух Мандавия дәри үлгилери Чандигархтағы регионаллық дәри сынақ лабораториясына жиберилгени ҳәм анализлер тийкарында ҳүкимет тәрепинен кейинги илажлар көрилетуғынын айтты.

ӨзА