Бүгин Президентке презентация етилген жаңа әўлад сабақлықларының оқыў-методикалық комплекслер (ОМК) тийкарын 4К принципи қурайды:

Критикалық (сын көзқарастан) пикирлеў;

Коллаборация (командалық ислесиў);

Креативлик (дөретиўшилик);

Коммуникация (қарым-қатнас көнликпелери).

Бул сабақлықлар қурғақ мағлыўматларды ядлатыў емес, ямаса тек ғана оқыў/жазыўды үйретиў менен шекленбейди. Олар арқалы оқыўшылар тек ғана пәнлерди емес, ал 21-әсирде зәрүр болған турмыслық көнликпелерди де үйренеди.

Сондай-ақ, сабақлықлар балаларға ойын арқалы билим бериўге де бейимлескен. Яғный балалар психологиясы есапқа алынған. Оқыў-методикалық комплекслер Android, iOS платформаларында сананы өсиретуғын ойынлар топламына ийе.

Сабақлықтағы мағлыўматлар реңбе-рең сүўретлер, графикалар, әпиўайы текстлер арқалы берилген. Ол оқыўшыны зериктирип қоймайды, керисинше және де қызықтырады.

1-3-класслар ушын берилген сабақлықлардың бир бөлеги кеңейтилген реаллық технологияларынан пайдаланған ҳалда ислеп шығылған. Ҳәзирги балалар заманагөй технологияларды бизден жақсырақ түсинеди. Сол себепли гаджетлер арқалы билим алыў оларды және де илимге қызықтырады;

Estudy электрон тәлим платформасы ислеп шығылған. Ол ҳәр қыйлы пәнлерден алынған билимлерди беккемлеў ушын 300 ден аслам сананы арттыратуғын ойынлы ўазыйпаларды өз ишине алады. Платформадан сабақта да, бос ўақытта үйде де пайдаланыў мүмкин.

ӨзА