Алтынсай аўыл пуқаралар жыйынының Беруний районының ең шетки аймақларының бири болып. Аймақта ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери бир атаның балаларындай тыныштатыў турмыс кеширмекте.

Быйылғы жаңа жылды аймақ халқы ҳәр жылдағыдан өзгеше көтериңки кейпиятта белгилемекте. Себеби, байрам алдында жыйын балалары ушын 120 орынлық еки қабаттан ибарат заманагөй балалар бақшасы қурып питкерилип, аўыл халқының ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.

«Бостан абат махсус қурылыс» жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен заманагөй усылда қурып питкерилген, бул бақша қурылысына республика бюджетинен 3 млрд 722 млн сум қаржы ажыратылды.

48-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң жаңа имаратының ашылыў мәресими болып, онда Беруний районы ҳәкими А.Сапарбаев аўыл халқын жаңа жыл байрамы ҳәм таза имараттың ашылыўы менен қутлықлады. Соң аймақ нураныйлары менен биргеликте бақша алдына тартылған дәстүрий лентаны кесип, тәлим дәргайында балалар ҳәм бул жерде ислеўшилер ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Бақшада тәрбияланып атырған балаларға жаңа жыл саўғаларын тапсырып, олардың қуўанышларын бөлисти.


Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы