Ҳәзирги ўақытта Президент Шавкат Мирзиёев билимлендириў тараўының қәнигелери ҳәм муғаллимлери менен сәўбетлеспекте.

– Бүгин сабақлықлар өзгерип атыр. Соған жараса муғаллимлер де өзгериўи керек. Өзгериўиңизге мәжбүр етемиз. Өзгермесеңиз хошласамыз. Соның ушын да бүгин сизлер менен көрисип, сөйлесип атырмыз.

Бүгин кешегидей сабақ бериўди қабыл етип болмайды. Оны ата-аналар да, оқыўшылар да қабыл етпейди. Ата-аналардың да жуўапкершилигин арттырыўымыз керек.

Өзим де шемби-екшемби күнлери ақылықларымның сабақлары менен шуғылланаман. Әсиресе, екшемби күнлери ўақытым көбирек болады, ҳәмме сабақларынбирим-бирим сорайман,-деди Президент.


ӨзА