Ҳәзирги ўақытта Президент Шавкат Мирзиёев Халықаралық конгресс орайында билимлендириў тараўындағы реформалар ҳаққында мүрәжат етпекте. Мәмлекетимиз басшысы кейинги жыллары мектеплерде әмелге асырылған жумыслар ҳаққында айтты.

«Кейинги 5 жылда мың мектеп қурдық. 7 миллион компьютер классларын шөлкемлестирдик. Бундай жумысларға 14 триллион қаржы бердик. Бул ҳәзирги шараятымыз ушын үлкен қаржы. Бирақ билимлендириў ушын берсек арзыйды. Бул бизиң келешегимиз»,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Шавкат Мирзиёев 1-январьдан баслап 14 аймақта тәжирийбе тийкарында жаңа сабақлықлар оқытылатуғынын айтты.

«Кейинги басқышта 5-11-класслар ушын да сабақлықлар ислеп шығамыз. Мүрәжатта айтылғанындай, ҳәр бир мектеп питкериўшиси еки тилди билиўи ҳәм бир кәсипти үйрениўи керек. Ҳәзир 22 пән бар мектеплерде. Енди болса жасларға креатив тараўларда  сабақ бериўимиз керек. Пәнлерди де, сабақ саатларын да көрип шығыўымыз керек»,-деди Президент.


Қарақалпақстан хабар агентлиги