Жаӊа жыл байрамы кишкене балалардыӊ қуўанышы ҳәм шадлы күлкиси менен  көтериңки  руўхта өтеди. Ҳәр жылы дәстүрге айланған Президент саўғасы Нөкис районы аймағындағы балалар ушын да жетип келди.

Бүгин Нөкис районы ҳәкими О.Уснатдинов район орайындағы  әжайып етип безетилиген шырша әтирапында сектор басшылары менен биргеликте ата-ана қарамағынан айырылған ҳәм жетим балалар, шаӊарақлық балалар үйлеринде тәрбияланып атырған балаларды жаңа жыл байрамы менен қутлықлап, оларға Президент саўғаларын тапсырды.

Сондай-ақ, илажда 6 жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балалар,  «Меҳир дәптери»не киргизилген, турақ жайға мүтәжлер сыпатында есапта турған жасқа Нөкис районы ҳәкимлиги тәрепинен жаңа квартиралардың гилтлери тапсырылды.




Байрам кешеси райондағы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшыларының қызықлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.





Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы