Мүнәсибет

Елимизде әзелден илим алыў, кәсип ийелеў ҳәм кең дүньятаныўға ийе болыў уллы қәдирият дәрежесине көтерилген. Илимли, мәрипатлы адамлар болса жоқары мәртебеге ерискен.Себеби жәмийет де, миллет де илимнен, зыялылардан күш алады. Ҳәр қандай жәмийетти қүдиретли, миллетти улығлаўшы күш, бул – билимлендириў ҳәм руўхый тәрбия болып есапланады.

Мәмлекетимизде илим тараўына көрсетилип атырған ғамхорлықты, итибарды Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжаты мысалында және бир мәрте анық сезиндик. Онда алға қойылған баслама ҳәм идеяларда халықтың турмыс тәризин түп-тийкарынан жаңалаў, экономиканы жоқарылатыў, билимлендириўдиң сапа параметрлерин арттырыў, илим ҳәм билимлендириў системаларын модернизациялаў, халықаралық өз-ара тең пайдалы бирге ислесиў механизмин беккемлеў сыяқлы тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырў мақсет етип қойылған.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2023-жылға «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп атама берилиўи ҳәзирги қурамалы дәўирде басқышпа-басқыш раўажланып атырған Өзбекстан мәплерине толық сәйкес келеди. Себеби ҳәр бир инсан өзи жасап атырған жәмийетте бахытлы болыўға ҳақылы. Бул бойынша Елбасшымыз дурысында да ҳақ гәпти айтты: «Бул елде жасап атырған ҳәр бир инсанның тыныш ҳәм бахытлы турмыс кешириўи, оның денсаўлығы орнында болыўы, жақсы билим алыўы, шаңарағын бағыўы ушын қандай шараят керек болса, барлығын жаратып бериўге ҳәрекет етип атырмыз ҳәм бул жолдан ҳасла тоқтамаймыз».

Алға қойылған бундай басламалар, соның ишинде, жоқары билимлендириў тараўындағы сан көрсеткишлеринен сапа нәтийжелерине ерисиў зәрүр екенлиги ҳаққындағы пикирлер билимлендириў системасындағы ең әҳмийетли ноқат болып есапланады. Атап айтқанда, мектеп, колледж, техникум ҳәм жоқары билимлендириўдиң жәмийет мәплерине сәйкес системалы шөлкемлестирилиўи, ондағы билимлендириў сапасының тәмийинлениўи бул басламаның орайында турады.

Муғаллимлердиң статусын, олардың абырай-мәртебесин қорғаў мәселеси Конституцияда белгилеп қойылыўы, ҳәр бир аймақтағы бир техникумда Европа кәсиплик билимлендириў стандартларының енгизилиўи, кәсип-өнер билимлендириўиниң қамтып алыныў дәрежесиниң кеңейтилиўи, келеси жылы жоқары билимлендириў ушын жеңиллетилген тәлим кредитлерине ресурслардың еки есеге артылыўы, әсиресе, итибарға ылайық әҳмийетли мәселе болып табылады.

Ҳақыйқатында да, ҳәзирги реформалар билимли ҳәм потенциалы, жәҳән стандартларына сәйкес кадрларды таярлаў, институт ҳәм университетлердиң имканиятларын ҳәр тәреплеме арттырыўға қаратылмақта. Себеби ҳәр қандай билимлендириў инсан ҳәм жәмийет мәпине бағдарланған болыўы зәрүр. Мәмлекетимиз сиясатының орайында инсан мәплери турады.

Әлбетте, Мүрәжатта билдирилген пикирлер университетимиздиң жәмәәтине де үлкен жуўапкершилик жүклейди. Солай етип, бул ўазыйпаларды турмысқа кеңнен қолланыўда мәмлекетимиздеги барлық жоқары оқыў орынлары қатарында Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти де шын кеўилден ҳәрекет етеди.

Ахмед РЕЙМОВ,
Бердақ атындағы Қарақалпақ

мәмлекетлик университетиниң ректоры,

техника илимлериниң докторы,

профессор.

Қарақалпақстан хабар агентлиги