Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 21-апрельдеги «Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары жумысын шөлкемлестириў ҳәм де жаслардың исбилерменликке байланыслы басламаларын қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5088-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Елликқала районында Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зонасының тырнағы қаланды.
Илажда район ҳәкими С.Авезов шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде Президентимиз басшылығында исбилерменликти раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳәм қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде исленип атырған кең көлемдеги жумыслар ҳаққында айтып өтип, жаңа ғана тырнағы қаланып атырған Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зонасы буның айқын дәлийли екенлигин көрсетеди деди.
Елликқала районы ҳәкиминиң 221/4-санли қарары менен Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зонасын шөлкемлестириў ушын 1,88 гектар жер майданында 26 лотдан ибарат жер участкалары ажыратып берилди.
Соның ишинде, жәми 26 лот “E-AUKSION” аукцион саўдаларына шығарылып, соның 17 лот жас исбилерменлер тәрепинен утып алынды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы