Хожели районы ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен өткерилген илаж даўамында Туран көшеси 1-жайда жасаўшы ҳуқықбузыўшы Узақберген Пиржанов өз үйинде диний «Ҳужра» шөлкемлестирип, «Йехова гүўалары» нызамсыз диний шөлкем ағзаларын жыйнап, арнаўлы диний мағлыўматқа ийе болмастан диний тәлим берип келгенлиги анықланды. Бул ҳаққында «Еркин Қарақалпақстан» газетасы хабар берди.

Сондайақ, диний мазмундағы материалларды нызамға қылап рәўиште тарқатыў мақсетинде сақлап келгенлиги, ҳуқықбузыўшылар Нурия Ешимбетова, Рано Пиржанова, Айша Аллаханова, Балтамурат Дошмуратов ҳәм Алтынай Узақбаевалар нызамсыз диний искерлик пенен шуғылланып, диний мәресимге байланыслы болмаған топарларды шөлкемлестирип отырғанлығы, ал ҳуқықбузыўшылар Базаргүл Аллаханова ҳәм Бибимарьям Нурыллаевалардың диний мазмундағы материалларды нызамсыз тарқатыў мақсетин гөзлеп сақлап келгенлиги анықланды.

Ўақыя орнында айғақлы зат ретинде ҳуқық­бузыўшы Б.Аллахановаға тийисли болған «Explay» маркалы планшет, Б.Нурыллаеваға тийисли А3100 «Nextbook» маркалы планшет, ADATA флешкасы ҳәм 16 беттен ирабат диний мазмундағы тарқатпа материаллар, У.Пиржанов­қа тийисли «ASUS» маркалы ноутбук ҳәм «Самсунг» қол телефоны ҳәм Р.Пиржанованың «Самсунг» G5 52-82 маркалы қол телефонлары қалыс гүўалардың қатнасында ҳүжжетлестирип алынып, тийисли орынларға тапсырылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитетиниң берген жуўмағына жүгинер болсақ, ис бойынша тексерилген материаллардың елимиз аймағына алып келиниўи, тарқатылыўы ҳәм пайдаланылыўы қадаған етилген материаллар екенлиги тастыйық­ланған.

Анықланған ағым ағзаларының ҳуқықбузарлық ҳәрекетлери суд уйымы тәрепинен нызам шеңберинде көрип шығылып, ең кем айлық ис ҳақының кимине он, айрымларына он бес есеси муғдарында жәрийма жазасы тайынланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги