Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-27-декабрь күнлери Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер басшыларының рәсмий емес ушырасыўында қатнасыў ушын әмелий сапар менен Санкт-Петербург қаласында болады.

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң басламасы менен өткерилетуғын илаж күн тәртибинен ҒМДА шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери орын алған.

Дослық Аўқамының мәмлекетлери жетекшилери усы жылдың тийкарғы жуўмақларын есаплаўы ҳәм әмелий бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша пикир алысыўы нәзерде тутылған.

ӨзА