Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаевтың басшылығында Тақыятас районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўдың бүгинги  жағдайы ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланып районның белсендилери, сондай-ақ, барлық министрлик, басқарма ҳәм шөлкем басшыларының қатнасыўында мәжилис болып өтти.

Онда тийкарынан халықтың жасаў шараятын жақсылаў, абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслар, соның менен бирге жол қойылып атырған кемшиликлер сөз етилди.

Атап айтқанда, қурылыс жумысларындағы қосып жазыўлар, бюджет ҳәм жеңиллетилген кредит қаржыларын талан-тараж етиў, банклер тәрепинен жол қойылып атырған кемшиликлер,  Найманкөл, Нурлы келешек, Айдын жол, Тақыятас, Қусшылық, Шамшырақ, Жайхун, Халықлар дослығы аймақлары ҳәким жәрдемшилери тәрепинен жеңиллетилген кредит қаржыларының мақсетсиз жумсалып жиберилгени, бир қатар жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер тәрепинен кредит қаржыларын нақластырып алыў жағдайлары, мүрәжатлар менен ислесиўдиң төмен жағдайы сынға алынды.

Буннан тысқары, районда қурылыс жумыслары талап дәрежесинде алып барылмағанлығы, “Инвестиция”, “Абат аўыл” бағдарламалары ҳәм Президент сапары даўамында берилген тапсырмалар бойынша бир қанша қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў бойынша белгиленген айырым жумыслардың орынланбағанлығы, сондай-ақ, социаллық тараўда, транспорт хызмети, халыққа хызмет көрсетиў бағдарындағы жумыслардағы кемшиликлер атап өтилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы атап өтилген қәте-кемшиликлерди сапластырыў ҳәм зәрүр жағдайда жуўапкершилик белгилеў бойынша тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берди.



Анықланған кемшиликлер бойынша Тақыятас районы ҳәкиминиң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары, қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары, жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары, мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлиминиң, районлық халық билимлендириў бөлими, 5 ҳәм 9-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери баслықлары, 6-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры интизамый жазаға тартылды.

Бул жағдайдан барлық тараў басшылары жуўмақ шығарыўы, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билдирилген исенимди толық орынлаўға тырысыўы тийис. Буннан тысқары, Мәҳәлле инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў мақсетинде Президентимиздиң  арнаўлы қарары тийкарында мәнзилли бағдарлама тастыйықланғаны, соның ишинде, Тақыятас районы бойынша 8 жойбарда 8 миллиард 730 миллион сумлық ишимлик суў тармақларын ҳәм ишки жолларды реконструкциялаў жумыслары алып барылатуғынлығы, районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеўге жәми 11 миллиард 664 миллион сумлық қаржы ажыратылатуғынлығы атап өтилди.

                                                                                                                    *   *   *

Усы күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев райондағы бир қатар кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың жағдайы менен танысып, оларға азық-аўқат өнимлери, қысқы кийимлер  ҳәм тутыныў буйымларын тапсырды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги