Республикамызда халықты арзан ҳәм сапалы азық-аўқатлық өнимлери менен тәмийинлеў ҳәм сол арқалы базарларымызда баҳалардың турақлылығына ерисиў бағдарында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Әсиресе, ҳәрқыйлы байрамлар алдынан пуқараларымыздың азық-аўқат өнимлерине болған талабы артып, бул болса, «алып сатарлар» тәрепинен баҳалардың жасалма түрде көтерилиў жағдайлары ушырасады.
Мине усындай унамсыз жағдайлардың алдын алыў, халықты зәрүрли азық-аўқат өнимлери менен толық тәмийинлеў мақсетинде, республикамыздың барлық қала ҳәм районларында арзанластырылған саўда ярмаркалары шөлкемлестириледи.
Усындай ярмарка Әмиўдәрья районындағы «Маңғыт дийқан базары» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде де шөлкемлестирилип, онда халыққа ҳәр тәреплеме қолайлы шараятлар жаратылған. Атап айтатуғын болсақ, сатыўшылардың өз өнимлерин сатыўы ушын арнаўлы орынлар, тәрезилер, суўытқышлар ҳәм қоймаханалар ажыратылып, олар төлеў терминаллары ҳәм қадағалаў касса машиналары менен толық тәмийинленген.
Әҳмийетли тәрепи сонда, ярмаркада фермер ҳәм дийқанларға өз өнимлерин сатыў орынларын ижараға алмаған ҳалда, қарыйдарларға тиккелей сатыў имканияты жаратып берилди.
Ярмаркада 30 түрдеги азық-аўқат өнимлери, соның ишинде фермер хожалықлары тәрепинен жеткерилип атырған қарамал, қой , таўық гөшлери, сүт, қатық ҳәм мәйеклер, мийўе-жемис, овощ-палызлар, кондитер өнимлери қарыйдарлар ушын қолайлы арзан баҳаларда сатылмақта.
Ең тийкарғысы шөлкемлестирилип атырған бул ярмаркалар халқымызға фермерлер ҳәм исбилерменлердиң ҳақыйқый саўғасы болды деп айта аламыз.
Маңғытта шөлкемлестирилген ярмарка 2023-жылдың 5-январына шекем даўам етеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы