Президент Шавкат Мирзиёев Әскерий прокуратура уйымлары тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың есабаты менен танысты.

Ҳәммемизге белгили, Өзбекстан Республикасы Әскерий прокуратурасы Қураллы Күшлерде ҳәм әскерий структураларда нызамларға әмел етилиўин қадағалайды. Бул уйым тәрепинен мәмлекетимиз суверенитетин беккемлеў, қорғаныў потенциалын арттырыў, әскерий хызметкерлер ҳәм шаңарақ ағзаларының ҳуқықларын тәмийинлеў илажлары көрилмекте.

Соның ишинде, усы жылы 1 мың 100 ге шамалас прокурорлық қадағалаў ҳүжжети қолланылып, 261 ҳүжжет нызамға муўапықластырылған. 7 мың 858 пуқараның ҳуқықы тикленген. 654 әскерий хызметкердиң шаңарақ ағзалары жумыс пенен тәмийинленген.

Қураллы Күшлерде қурылыс бағдарламасына киргизилген объектлердиң жойбарлаў-смета ҳүжжетлери қадағалаў тәртибинде көрип шығылып, 23 миллиард сумнан артық бюджет қаржылары үнемлениўине ерисилген. Әскерий прокуратура протестлерине тийкарланып судлардың 10 қарары нызамға муўапықластырылып, 6 пуқара ақланған.

Пуқаралардың 2 мыңға шамалас мүрәжатлары көрип шығылып, 254 и қанаатландырылған. Сондай-ақ, көшпели қабыллаўларда 3 мың 200 пуқара қабыл етилип, анықланған машқалаларды шешиў илажлары көрилген.

Мәмлекетимиздиң Раўажланыў стратегиясынан келип шығып, әскерий структураларда да «инсан қәдири» принципи үстин етип белгиленген. Әскерий хызметкерлердиң ҳуқықлары менен мәплери, социаллық қорғаў тәмийинлениўи айрықша қадағалаўға алынған. Әскерий прокуратура бул бойынша нызам қорғаўшысы, ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыўда белсенди үгит-нәсиятлаўшы болмақта.

Атап өтилгениндей, әскерий хызметкерлерге Қураллы Күшлер ҳәм басқа да тараўлардағы реформалар, қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың мазмун-мәнисин избе-из жеткериўге айрықша итибар қаратылады.

Жасларды әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм ҳуқықый саўатлылығын арттырыў мақсетинде алыс аймақлардағы мектеплер әскерий прокуратура уйымларына бириктирилип, прокурорлық саатлары шөлкемлестириледи.

Бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын тәмийинлеўде электрон платформалар имканиятларынан және де кеңнен пайдаланылады.

Мәмлекетимиз басшысы Әскерий прокуратура жумысын санластырыў, инсан мәплерин тәмийинлеў бойынша қосымша көрсетпелер берди.

ӨзА