Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-декабрь күни Саудия Арабстаны Патшалығы инвестициялар министри Ҳолид ал-Фалиҳ басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Көп қырлы Өзбекстан – Саудия бирге ислесиўин және де кеңейтиў, бәринен бурын, Өзбекстан Президентиниң усы жылы август айындағы Саудия Арабстанына сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў алдында инвестициялар министри шын кеўилден қабыллағаны ушын Өзбекстан жетекшисине миннетдаршылық билдирип, Саудия Арабстаны Патшасы Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд ҳәм Мийрасхор, Бас министр Мухаммед бин Салмон Ол Саудтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Мәмлекетимиз басшысы еки тәреплеме қатнасықлар жедел раўажланып баратырғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Соның ишинде, усы жылдың басынан өз-ара саўда көлеми дерлик 10 есеге артты. Мәмлекетимизде Саудия инвестицияларының қатнасыўында 40 кәрхана шөлкемлестирилген.

Биргеликте энергетика, химия санааты, аўыл хожалығы, банк секторы, телекоммуникациялар, медицина ҳәм туризм тараўларында ири жойбарлар әмелге асырылмақта. Саудия раўажланыў фонды жәрдеминде денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм суў тәмийнаты тараўларында бир қатар социаллық әҳмийетке ийе бағдарламалар жүзеге шығарылмақта.

Саудия Арабстанының 30 дан аслам жетекши компаниясының қатнасыўында болып өткен бизнес-форумның нәтийжели жуўмақлары жоқары баҳаланды. «ACWA Power» компаниясы менен Қарақалпақстанның Қоңырат районында үш самал электр станциясын қурыў бойынша инвестициялық келисимге қол қойылғаны илаждың әҳмийетли нәтийжелеринен бири болды.

Сөйлесиўлер ўақтында Орайлық Азия регионында ири инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери де додаланды.

Басланған инвестициялық жойбарлардың орынланыўын жеделлестириў ҳәм жаңаларын таярлаў бағдарындағы, соның ишинде, Исбилерменлер кеңеси шеңбериндеги бирге ислесиўди және де жеделлестириўге келисип алынды.


ӨзА