Нөкистеги 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Үлгили мақам ансамбли ағзалары усы мектептиң муғаллимлери ҳәм оқыўшылары ушын шеберлик сабағын өтти.

Онда ансамбль тәрепинен Ташкент, Хорезм, Ферғана мақам көркем өнери дүрданаларынан «Шашмақом», «Катта ашула», қарақалпақ классикалық көркем өнери үлгилеринен «Сәўдигим», «Айдынлар», «Дем бермес» сыяқлы қосықлар  атқарылды.



– Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги қарамағындағы ҳәр бир музыка ҳәм көркем өнер мектебинде, мәденият үйлеринде усындай илажларды өткерип атырмыз, -дейди ансамбльдиң көркемлик жағынан басшысы Давронбек Адаев. – Дүнья халықларының музыкалық ғәзийнесине айланған мақам көркем өнерин көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў, оны келешек әўладларға жеткериў тийкарғы мақсетимиз болып, топарымыз бенен 4-5 жылдан берли дөретиўшилик етип киятырмыз. Келешекте музыка мектеплериниң оқыўшылары арасынан жетик мақамшылар, жақсы ҳаўазлар, жаңа талантлар тәрбияланып шығады, деп үмит етемиз.

Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары елимизде миллий мақам көркем өнерин және де раўажландырыў бағдарындағы илажлар өзиниң нәтийжесин бермекте. Қарақалпақстан Республикасы Үлгили мақам ансамбли Президентимиздиң 2017-жыл 17-ноябрьдеги «Өзбек миллий мақам көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында 2018-жылы шөлкемлестирилди. Президентимиздиң басламасы менен бүгинги күнде ҳәр бир ўәлаятта мақам ансамбльлери жумыс алып бармақта. Олар алып барып атырған үгит-нәсият жумысларының нәтийжесинде халқымыздың мақам көркем өнерине ықласы және де артпақта.

Илажда йошлы нама-қосықлардан заўықланған тамашагөйлер қосықшылар менен биргеликте қосық айтып, ойынға түсти.

Бундай илажлар миллий мақам көркем өнериниң бийбаҳа үлгилерин үгит-нәсиятлаўға, оны қәстерлеп сақлаўға, жас әўладты классикалық музыкаларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға, туўысқан өзбек ҳәм қарақалпақ халықлары арасында дослық байланысларын беккемлеўге хызмет етеди.

  Қарақалпақстан хабар агентлиги