Инсан баласы арадан жыллар өткен сайын өзиниң бийғам балалық шағын, мектептеги оқыўшылық дәўирин ерксиз сағынады. Қайтып келмес бул бахытлы жыллар өзиниң тәкирарланбас ўақыялары менен ядымызда мәңги мөрленип қалады.
Әсиресе, өзлеримизге дәслепки рет ҳәрип танытып, жазыў-сызыўды үйреткен биринши муғаллимимизди, сол жылларда өткен әлипбе ҳәм жаңа жыл байрамларын ҳасла умытпаймыз. Ҳәзир республикамыздағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде 1-класс оқыўшыларының әлипбе менен хошласыў кешелери болып өтпекте. Оған өз муғаллимлери ҳәм ата-аналары жәрдеминде әзиз балаларымыз пуқта таярлықлар көрип, өзлериниң ядлаған қосық ҳәм тақмақларын мектеп жәмәәтине айтып бермекте.
1-класс оқыўшыларының «Хош сүйикли Әлипбем» атамасындағы әлипбе менен хошласыў кешеси Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17- санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де шөлкемлескенлик пенен көтериңки руўхта болып өтти.
Илаж барысында оқыўшылар тәрепинен таярлап келген қосықлар, тақмақлар ҳәм аяқ ойынлар атқарылды.
Байрам соңында мектеп директоры, устазлар ҳәм ата-аналар шығып сөйлеп, елимиздиң ертеңги келешеги болған усындай әжайып жас әўладты тәрбиялап киятырған муғаллимлерге өзлериниң миннетдаршылықларын билдирди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы