Елликқала районы ҳәкимлигиниң басламасы менен район орайындағы дийқан базарында жаңа жыл мүнәсибети пенен арзанластырылған саўда ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Ярмаркада азық-аўқат өнимлериниң турақлылығын тәмийинлеўге болса, райондағы тәмийинлеўши кәрханалар, агрофирма ҳәм фермер хожалықлары жуўапкер етип белгиленди.

Буның нәтийжесинде халықтың сапалы аўылхожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерин өзлерине қолай арзан баҳаларда сатып алыўына имканият жаратылды.





Әлбетте, усындай ийгиликли басламалар халықты арзан ҳәм сапалы өнимлер менен тәмийинлеў менен бирге, базарларда баҳалардың жасалма түрде тийкарсыз қымбатлап кетиўиниң алдын алыўға үлкен жәрдемин тийгизеди.


Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы