Бүгин Нөкис районы 2-секторға қараслы “Бақаншақлы” аўыл пуқаралар жыйынында пуқаралардың мүрәжатларын үйренип шығыў мақсетинде район прокуроры П. Халмуратов тәрепинен көшпели қабыллаў өткерилди.

Қабыллаўда жыйын пуқаралары аймақтағы ишки жолларды оңлаў, комуналлық хызметлер сапасын және де жақсылаў, исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын жеңилликли кредитлер ажыратыў бойынша өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Олардың бул мүрәжатлары 2-сектор тәрепинен қадағалаўға алынып, райондағы мәкеме ҳәм шөлкемлерге бул мәселелрди өз ўақтында үйренип шығыў ушын тийисли тапсырмалар берилди.



Сондай-ақ, қабыллаў даўамында 3 пуқара шаӊарағына дәрамат табыў мақсетинде субсидия тийкарында тигиў машинасын сорап мүрәжат етти ҳәм сол орынныӊ өзинде унамлы шешимин таўып, жаңа заманагөй тигиў машиналары тапсырылды.


Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы