Бул сораўға энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов жуўап берди.

«Тән алыў керек, еки мәмлекеттиң статистикалық есабатларында өзгешелик бар. Себеби, бизиң статистикада тек ғана экспорт етилген газдиң көлеми ҳәм оның суммасы көрсетилген. Қытай тәрепи болса, улыўма Өзбекстаннан импорт етилген товарлар менен өнимлер хызметлерин инабатқа алған».

Сондай-ақ, бул жерде Өзбекстаннан экспорт етилген газден тысқары, Өзбекстан аймағынан Түркменстаннан баслап Қытайға шекемги газ қубыры бар. Ол жерде бизиң аймақта «Asia Trans Gas» қоспа кәрханасы бар. Бул кәрхана газ транспортын әмелге асырып береди.

Демек, Өзбекстан аймағынан транспорт етилген газ ҳәм транзит хызметлери ушын төленген пул. Мине, усы еки сумманы қосқанда Қытай статистикасы берген сан келип шығады»,-деп түсиник берди Өзбекстан энергетика министри.


Қарақалпақстан хабар агентлиги