Нөкис қаласындағы 50-санлы улыўма билим бериў мектебинде де белгили мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы, Муса Ерниязовтың туўылғанының 75 жыллығына бағышланған еслеў кешеси болып өтти.
Илажды мектеп директоры Эльмира Палўанова кирис сөз бенен ашты. Буннан кейин руўхый-ағартыў ислери бойынша директор орынбасары Эльмира Мамбетова мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Ерниязовтың өмири ҳәм елимиз ушын ислеген пидәкерлик хызмети туўралы баянат жасады.
Кешеде сондай-ақ, бир қатар нуранийлер сөзге шығып, М.Ерниязовтың ислеген хызметлери туўралы оқыўшыларға айтып берди.
Ҳақыйқатында да, М.Ерниязов Қарақалпақстанды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, Арал машқалаларын сапластырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың турмыс шараятын жақсылаўда айрықша мийнет етти. Әсиресе, ол жаслардың ҳақыйқый ғамқоршысы еди. Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, улыўма билим бериў мектеплери имаратларын қурыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеўге айрықша итибар қаратты.
Нөкис қаласы Теле орай мәкан пуқаралар жыйыны турғынларының өтиниши бойынша 50-санлы улыўма билим бериў мектебиниң жаңа имаратын салып берди. Буннан ата-аналар, аймақ балаларын айрықша қуўанышқа бөленди. Қарақалпақстанда бундай қанша-қанша мектеплер салынды. Булардың бәршеси М.Ерниязовтың билимлендириў тараўына болған айырықша итибарының нәтийжесинде болды.
Солай екен, оның халқымыздың ийгилиги ушын хызметлери ҳеш қашан умытылмайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги