Жиззах ўәлаятында болып өткен «Универсиада – 2022» ойынларында чемпион болған спортшыларымыз Нөкис темир жол вокзалында салтанатлы түрде күтип алынды.

Мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Спортты раўажландырыў министрлиги ўәкиллери, тренерлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери, жоқары оқыў орынларының жәмәәтлери қатнасып, спортшыларды қолға киргизген жеңиси менен қутлықлады.

Усы жылдың 11-14-декабрь күнлери арасында Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынларында оқып атырған студент-жаслардың арасында «Универсиада – 2022» спорт ойынлары өткерилген еди. Усы ойынларда Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының баскетбол бойынша ер балалардан ибарат командасы да қатнасып, жеңимпаз болды.

– «Универсиада» ойынларында баскетбол бойынша ер балалар арасында өткерилген жарыста қарақалпақстанлы спортшылар биринши мәрте жеңисти қолға киргизди, -дейди филиал директоры Байрам Мамбетов. – филиалымыз командасы ағзалары Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң медалы, дипломы ҳәм телевизорлар менен сыйлықланды.

– Командамыз Ташкент ўәлаятының командасын 53 ке 47, Әндижан ўәлаятының командасын 72 ге 25, ал, Самарқанд ўәлаятының командасын  64 ке 23 есаплары менен жеңди, -дейди филиалдың 3-курс студенти Алланазар Жуманиязов. – Жарыслар қызғын беллесиўлерге бай болды. Қарсыласларымыз да жақсы таярланған екен, соған қарамастан командамыз ағзаларының аўызбиршилиги нәтийжесинде қарсыласларымызға ҳеш қандай имканият қалдырмай, жеңиске еристик. Бизлерди таярлаған устазларымыз А.Авезбаев, Т.Мәмбетжумаев ҳәм С.Аманиязовларға өзимиздиң миннетдаршылығымызды билдиремиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги