Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында әдебий сыншы, жазыўшы, шайыр ҳәм драматург Алпысбай Султановтың 75 жасқа толыўы мүнәсибети менен кеше өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ўәкиллери, жазыўшы, шайыр ҳәм журналистлер, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты. Илажда Қарақалпақстан халық жазыўшысы А.Султановтың өмир жолы ҳәм дөретиўшилиги бойынша баянатлар тыңланды.

Атап өтилгениндей, А.Султанов дәслеп балаларға арналған шығармалары менен әдебиятқа кирип келди. 1975-жылы оның «Болар бала бес жасынан» атамасындағы китабы баспадан шықты. «Әмиўдәрья» журналында жәрияланған «Жаўыннан соң» новелласы оны новеллист-жазыўшы сыпатында жәмийетшиликке танытты. Ал, 1976-жылы ол киносценарийлер жазыўға қол урды ҳәм «Аўыл жолы» киноновелласын дөретти. «Қарақалпақ прозасында Шыңғыс Айтматовтың поэтикалық дәстүрлери» монографиясында жазыўшы ҳәм әдебиятшы А.Султанов қырғыз-қарақалпақ халықларының әдебий байланысларын ашып берди. Оны халқымыз «Қарақалпағым», «Гөззал сени мен сүйип қалдым», «Муҳаббатым қайлардасаң!» сыяқлы қосықлары арқалы шайыр сыпатында да жақсы таныйды.

«Аквариум», «Назбайгүл», «Мәрмер тастағы жазыў», «Лунная ночь» сыяқлы гүрриңлер ҳәм новеллалар топламлары басылып шыққаннан соң әдебиятшы илимпаз К.Алламбергенов оны «Новелланың жетик шебери» деп атаған еди.

А.Султановтың драматург сыпатында дөреткен «Дөҳмет» кинороманы, елимиз театр сахналарында қойылған «Наҳақтан төгилген қан» тарийхый драмасы тамашагөйлердиң алғысына сазаўар болды. Сондай-ақ, ол «Қарақалпақфильм» киностудиясында 50 ден аслам ҳүжжетли фильмлер дөретти. Дүнья әдебиятының көрнекли ўәкиллери Ж.Лондон, С.Цвейг, Я.Кавбатова, Э.Хемингуей, Л.Толстой, А.Чехов, М.Горький, Ш.Айтматовлардың шығармаларын қарақалпақ тилине аўдарды.

Оның көлемли мийнетлериниң бири бабамыз Аллаяр Досназаровтың өмири ҳәм мәмлекетлик хызметлерин изертлеп жазған «Елим деген ер еди…» романы болды. Соңғы жыллары А.Султановтың «Муҳаббат мәўритлери», «Арал бойындағы аўыл», «Жойтылмай қалған жүзик» сыяқлы бир қанша китаплары басылып шықты.

Кеше концерт бағдарламасы менен даўам етти. Онда Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артистлер, филиал оқытыўшылары ҳәм студентлери тәрепинен А.Султановтың қәлемине тийисли қосықлар атқарылды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги