Усы сораў бойынша ӨзАның хабаршысы «Аймақлық электр тармақлары» АЖ баспасөз хызметиниң басшысы Фахриддин Нуралиевке мүрәжат етти.

– Шеклеўлер тек ғана Ташкент қаласында емес, ал ўәлаятларда да және үш күн усы график тийкарында өшириледи. Бул шеклеўлер 16-декабрь сәнесине шекем әмел етеди. Соны атап өтиў керек, шеклеўлер ҳаўа температурасының суўып кетиўи ҳәм жоқары пайдаланыў ўақытларында Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятларда белгиленген тутыныў тапсырмасын орынлаў, өндиристеги технологиялық процесслер тоқтап қалыўының алдын алыў, электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм тутыныўдың турақлылығын услап турыў сондай-ақ, тәмийнаттағы тәртипсиз үзилислерди сапластырыў мақсетинде әмелге асырылмақта,-деди Ф.Нуралиев.

Мағлыўмат орнында, усы жылдың 13-декабрь күни Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятларда электр тәмийнатында режели шеклеўлер киргизилетуғыны рәсмий түрде мәлим етилди.

ӨзА