Жақында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде «Денсаўлықты сақлаў тараўын коррупциясыз тараўға айландырамыз!» атамасында таңлаў өткерилди.

Таңлаўға республикамыздың қала ҳәм районларындағы медицина бирлеспелериниң, республикалық емлеў-профилактика орайларының бас шыпакерлери қатнасты.

Таңлаўдың биринши басқышында қатнасыўшылар өзлери басқарып атырған жумыс орынларында коррупцияға қарсы әмелге асырылып атырған жумыслар, олардың нәтийжеси, коррупция машқаласының аянышлы ақыбетлери, жәмийетке, жас әўладтың тәрбиясына кери тәсири ҳаққында баянат жасады. Екинши басқышта коррупцияға байланыслы тест сынақлары болып өтти. Үшинши басқышта қатнасыўшылар өзлериниң таярлап келген бағдарламалары арқалы дәмегөйлик, парахорлық, өз лаўазымынан пайдаланыў жағдайларының алдын алыў бойынша усыныслары менен таныстырды.

– Коррупция жәмийеттиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын иллет болып табылады. Соның ушын коррупцияға қарсы гүресиў, оның алдын алыў ҳәр бир басшының ўазыйпасы болыўы зәрүр. Бул бағдарда тек басшылар ҳәм жуўапкерлердиң емес, ал, халықтың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў да әҳмийетли, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Т.Сарбаев.

Таңлаў жуўмағында қалалық ҳәм районлық медицина бирлеспелеринде үлгили жумыс атқарған ҳәм таңлаўда жоқары көрсеткишлерге ерискен қатнасыўшылар Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Коррупцияға қарсы гүресиў мәселелерине бағышланған бундай илажлар республикамыздың барлық қала ҳәм районларында өткерилмекте.


Қарақалпақстан хабар агентлиги