9-декабръ күни Қырғыз Республикасы пайтахты Бишкекте Евроазия экономикалық аўқамыныӊ кеңейтилген қурамдағы мәжилиси болып өтти.

Президент Садир Жапаров басшылық еткен илажға Россия жетекшиси Владимир Путин, Беларусъ басшысы Александр Лукашенко, Казақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев ҳәм Армения бас министри Никол Пашинян қатнасты.

Саммит күн тәртибинен Евроазия экономикалық аўқамыныӊ жумысына байланыслы мәселелер, интеграция процесин және де тереңлестириў бойынша көрсетпелер, товар ҳәм хызметлердиң бирден-бир базарыныӊ жумысын жетилистириў мәселелери орын алды.

Президентлер, соның менен бирге, ЕАЭА ишки базарындағы тосқынлықларды сапластырыў, Дослық аўқамы аймағында улыўма газ базарын қәлиплестириў ҳәм БАА менен еркин саўда келисимин дүзиў бойынша сөйлесиўлерди баслаў мәселесин де додалады.

Бақлаўшы мәмлекетлерден Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Куба Президенти Мигель Диас-Канель видеобайланыс арқалы мәжилиске қатнасты.

Қырғызстан Президенти баспасөз хызметиниӊ хабарына қарағанда, илажды 80 ге шамалас жергиликли ҳәм 150 ге жақын сырт ел журналистлари сәўлелендирип барған.

Дәслеп мәмлекет басшылары тар шеңберде мәжилис өткерген. Кеңейтилген қурамда өткен ушырасыў ўақтында Президент Садир Жапаров ЕАЭА мәмлекетлери басшылары коронавирус пандемиясы басланғаннан берли биринши мәрте мәжилис шөлкемлестирилгенин айрықша атап өткен.

ӨзА