Орайлық Азия мәмлекетлери глобал қәўип-қәтерлер фонында өз-ара бирге ислесиўди тереңлестирмекте. Бул ҳаққында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Наталья Герман Ашхабадта болып өткен бесинши Орайлық Азия экспертлери форумында айтты.
“Бесинши форум регион мәмлекетлериниң еле де жақынласыўы, өз-ара бирге ислесиўин пүткиллей барлық тараўларда, әсиресе, бүгинги оғада аўыр халықаралық жағдайда тереңлестириў фонында өтпекте. Атап айтқанда, қәўипсизликке қәўип көзқарасынан аймақта халықаралық терроризм ҳәм экстремизмге, нәшебентлик затлардыӊ саўдасына қарсы гүрес ҳәм Аўғанстандағы жағдайды тезирек турақластырыў мәселелери бар”, деди Герман.
Арнаўлы ўәкилдиӊ сөзлерине қарағанда, регион мәмлекетлери ушын азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм мәлимлеме коммуникация технологияларынан пайдаланыў мәселеси күн тәртибинен орын алған.
“Қоршаған орталықтыӊ қәўипсизлиги ҳәм климат өзгериўине қарсы гүрес регион ушын, атап айтқанда, кем углеродлы экономиканы қурыў, ресурсларын үнемлеў ҳәм жасыл технологияларды енгизиў, қайта тикленетуғын энергия дәреклерин раўажландырыў әҳмийетлилигинше қалмақта”, деп қосымша етти Герман.
ӨзА