НАТО Бас хаткери Йенс Столтенбергтиӊ пикринше, Украина урысы Россия ҳәм Арқа Атлантика альянсы арасында келиспеўшилик келтирип шығарыўы мүмкин. Бул ҳаққында ол Норвегияның “NRK” телеканалында айтқан.
«Украина әтирапындағы жағдай қадағалаўдан шығып, НАТО ҳәм Россия арасында үлкен қарама-қарсылыққа айланып кетиўинен қорқаман. Әлбетте, биз бундай жағдайға түсип қалмаў ушын ҳәрекет етемиз», деди Бас хаткер.
Жетекшиниң бул жағдайдағы жуўапкершилиги ҳаққындағы сораўға Столтенберг былай жуўап берди: «Мен ҳәммеси жүдә итибарлы екенин сеземен. Бул Европа ҳәм Норвегия ушын сынақ дәўири. Егер қандайда бир надурыс қәдем тасланса, ҳәммеси қәўипли көринис алыўы мүмкин».
Киевке жәрдем көрсетиў ҳаққында айтар екен, ол «тек ғана күшли Украина тынышлықты тәмийинлеўи мүмкин. Альянс әскерий жәрдем бериўди даўам еттиреди», деп атап өтти.
ӨзА