Бишкек қаласында Жоқары Евроазия экономикалық кеӊесиниӊ кеңейтилген қурамдағы мәжилисине қатнасқан Россия Федерациясы жетекшиси Владимир Путин дүньяда жаңа қәўип–қәтерлер пайда болып атырғанын, көп континентли дүньяныӊ раўажланыўында илгерилеўлер жүз берип атырғанын атап өтди.
Кремль сайтында ШБШ ҳәм ҒМДА ға ағза мәмлекетлер қорғаныў министрликлери басшылары мәжилисиниӊ қатнасыўшыларына тийисли видеомурожаат жәрияланған.
Путиннинг пикиринше, бул мәжилис ўақтында өткерилип атырғаны менен әҳмийетли. Ол, сондай-ақ, ШБШ ҳәм ҒМДА шеңбериндеги қоспа жумыс өз-ара ҳүрмет, мәплерди есапқа алыў тийкарында, биринши гезекте, сыртқы қәўип-қәтерлерден қорғаў, өз-ара пайдалы ҳәм турақлы бирге ислесиўди тәмийинлеў менен байланыслы мәселелерди табыслы шешиў имканиятын беретуғынын атап өткен.
– Бүгинги күнде кескин мәселелер жүзеге келмекте, – деди Россия басшысы. – Күшли геосиясий илгерилеўлер жүз берип атырған бир ўақытта көз алдымызда көп континентли дүнья тәртиби, соныӊ ишинде, Азия, Африка, Латын Америкасында жаңа раўажланыў орайлары қәлиплеспекте. Олар миллий мәпин, суверенитетин, өзиниӊ раўажланыў жолынан барыў ҳуқықын барған сайын күшлирек қорғамақта. Тарийхтың бул объектив процесслерине қарсылық көрсетиўдиң илажы жоқ.
Беҳруз Худойбердиев, ӨзА