Қырғыз баспалары Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 9-декабрь күни Қырғызстанға сапары ҳаққында жазбақта.

Сол күни Бишкекте Евроазия экономикалық аўқамы (ЕАЭА)на ағза мәмлекетлер басшыларының саммити де болып өтеди.

Мирзиёевтиң Қырғызстандағы жумыс сапары болса 10-декабрьден басланады. Онда еки мәмлекет арасында бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылыўы айтылмақта. Соның ишинде, қол қойылыўы күтилип атырған ҳүжжетлер арасында еки мәмлекет пуқараларының шегараны кесип өтиўинде жеңилликлерди нәзерде тутыў мәселеси де болыўы мүмкин екенлиги айтылмақта.

Сапар шеңберинде қырғыз-өзбек тәреплериниң бизнес форумы да режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги