Қазақстан ҳәм Россия Президентлери Қасым-Жомарт Тоқаев ҳәм Владимир Путин Москвада ушырасып, еки тәрепелеме қатнасықтың бүгинги жағдайы, келешеги ҳәм халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди додалады. Сөйлесиў нәтийжесинде еки мәмлекет басшысы Қазақстан ҳәм Россия арасындағы декларацияға қол қойды, деп хабар бермекте Ақорда баспасөз хызмети.
Мәлимлемеде, соның ишинде, «Қазақстан ҳәм Россия арасында дипломатиялық қатнасық орнатылғанының 30 жыллығы мүнәсибети менен декларация қабыл етилди», делинеди. Ҳүжжеттиң бир бәнтинде «Россия ҳәм Қазақстан ядро урысында жеңиўи мүмкин емеслиги ҳәм ҳеш қашан бул мәселени қозғамаўы керек екени» атап өтилген.
«Россия ҳәм Қазақстан тең ажыралмас қәўипсизлик принциплерине тийкарланып, миллий мәпке жуўап беретуғын, басқа мәмлекетлерге қарсы қаратылмаған әскерий-сиясий, әскерий-техинкалық бирге ислесиўди раўажландырады», деп атап көрсетиледи декларацияда.
Сондай-ақ, бул еки мәмлекет аўқамласлық қатнасықларын беккемлеўге мәмлекетлердиң тарийхын қәлбекилестириў, қайта жазыў ҳәм «қаралаў» бойынша ҳеш бир урыныўды қабыл етпейди. Екинши жәр жүзилик урыс ҳаққында тарийхый ҳақыйқатты қәстерлеп сақлайды.
Еслетип өтемиз, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Россияға рәсмий сапары даўамында Қазақстан ҳәм Россия 28-регионлараралық форумында да қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги