Шоманай районында жумыссызлық машқаласын шешиў ҳәм халықтың бәнтлигине көмеклесиў мақсетинде район ҳәкими А.Аметовтың басшылығында Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими, сектор баслықлары ҳәм район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети менен биргеликте “Шоманай Экотекс” кәрханасына медиа-тур шөлкемлестирилди.

Илажға, райондағы жумыссыз пуқаралар қатнасып, “Шоманай Экотекс” кәрханасында жумысшыларға жаратылған шараятлар менен таныстырылды. Кәрхананың өндирис процеси, жумысшылар ушын жаратылған имканиятлар, мийнет ҳақы ҳәм басқа да социаллық кепилликлер ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Медиа-тур даўамында район ҳәкими А.Аметов шығып сөйлеп, бәнтликти тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, жумыссызларды жумысқа орналастырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм олардың нәтийжелери ҳаққында айтып, кәрхана басшыларына жумысшылардың мийнет шараятларын және де жақсылаў ҳәм оларға қосымша имканиятлар жаратыў бойынша көрсетпе берди.

Илаж қатнасыўшыларына жумысқа орналасыў бойынша мәсләҳәтлер берилди. Сондай-ақ, жумыссызлар ушын өткерилетуғын кәсип-өнер билимлендириў курслары ҳәм басқа да қоллап-қуўатлаў бағдарламалары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Медиа-тур район халқы арасында бәнтликти тәмийинлеў бойынша хабардарлықты арттырыў, жумыссызларды жумысқа орналастырыўға жәрдемлесиў ҳәм оларға жумысқа жайласыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылғаны менен әҳмийетли.

Қарақалпақстан хабар агентлиги