Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы сәркардасы, генерал-майор Рустам Жўраев басшылығындағы делегация Түркия мәмлекетине барды.

Делегация Түркия жандармериясының Бас сәркардасы, армия генералы Али Чардакчи тәрепинен күтип алынды.

Сапар даўамында еки тәреплеме өз-ара сөйлесиўлер өткерилип, онда Миллий гвардияның Түркия жандармериясы менен бүгинги күндеги бирге ислесиўи додаланды. 2025-жылға мөлшерленген перспективалы бағдарлар белгилеп алынды.

Соның менен бирге, сапар даўамында Жандармерия Бас сәркардалығы, Жандармерия ҳәм қырғақ қәўипсизлиги Академиясы, Медициналық-симуляциялық билимлендириў орайы, Арнаўлы ўазыйпаларды орынлаўшы бригада ҳәм Стамбул қалалық «112» орайының жумысы менен жақыннан танысылды.

Н.Абдураимова, ӨзА