Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен салық қарыздарлығын өндириў ҳаққындағы суд қарарлары ҳәм салық уйымлары қарарларының орынланыўы тәмийинленбекте.

Соның ишинде, усы жылдың өткен 10 айы даўамында салық қарыздарлықларын өндириў менен байланыслы 837,7 миллиард сумлық 26 мың 436 орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўы тәмийинленип, әмелде 302,8 миллиард сум өндирилди. Қалдықтағы орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде қарыздарларға тийисли 21,5 миллиард сумлық 58 көшпес мүлк ҳәм ҳәр қыйлы автотранспорт қуралы хатланып, аукцион саўдаларына шығарылған.

Мәселен, Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасының 2024-жыл 23-апрельдеги қарарына тийкарланып қарыздар «EURO BETON» жуўапкершилиги шекленген жәмийеттен 164,2 миллион сум салық қарыздарлығын өндириў белгиленген. Бул қарар Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлими жумыс алып барыўына келип түсип, бөлим тәрепинен орынлаў ҳәрекетине киргизилген.

Атап айтқанда, бөлим мәмлекет орынлаўшысы тәрепинен қарыздарға орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўын тәмийинлеў ушын 15 күнлик еркин мүддет берилип, суд қарарының орынланыўын тәмийинлемеўдиң унамсыз ақыбетлери түсиндирилген. Соған қарамастан, қарыздар тәрепинен орынлаў ҳүжжетиниң талабы еркин түрде орынланбағанлығы себепли, қарыздарға тийисли тәртипте хатлаўға алынған ҳәм электрон онлайн-аукцион саўда майданшасы арқалы шығарылған.

Усы жылдың 11-ноябрь күни өткерилген аукцион саўдаларында автотранспорт қуралы сатылып, сатыўдан түскен қаржы бюджет алдындағы қарызын қаплаў ушын қаратылды.

Д.Абибуллаев,

Қарақалпақстан хабар агентлиги